
Салтанат Юсупова haqida
2025-26-oкыу жылында Нөкис қаласындағы Қарақалпақстан көркем өнер сарайында «1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды кәсиплик байрамы менен қутлықлады ҳәм бир қанша усы тараў пидайыларын көкирек нышанлары менен хошаметлеп өтти.
Атап айтқанда Қараөзек районы 16-санлы балалар музыка хәм көркем өнер мектеби бақсышылық бөлими тәжирийбели оқытыўшысы Салтанат Юсупова "Ўатан пидайысы " көкирек нышаны менен хошаметленди. Устазды бул жетискенлиги менен жәмәәт атынан қутлықлап , алдағы жумысларында табыслар тилеймиз.