
Қараөзек районы 16-санлы балалар музыка ҳам көркем өнер мектебине Тарлы әсбаплар бөлиминиң пән айлығы ис режеси шеңберинде шеберлик сабақ өткерилди. Атап айтқанда, 2026-жыл 23-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының оркестр артистлери Қулчигаев Алибек Максетович ҳәм Атабаева Миригул Мырзабаевналар мектебимизде мийманда болды.
Шеберлик сабағы барысында мийман артистлер өзлериниң кәсиплик тәжирийбелери менен бөлисип, оқыўшыларға музыкалық шығармаларды орынлаў усыллары, атқарыўшылық шеберликти жетилистириў ҳәм әсбапта ойнаў техникасын раўажландырыў бойынша пайдалы кеңеслер берди.
Бундай шеберлик сабақлары жас музыкантлардың кәсиплик қызығыўшылығын арттырыўға, музыкалық билимин тереңлестириўге ҳәм сахнада өзин еркин тутыў көнликпелерин қәлиплестириўге хызмет етеди.
Илаж соңында мектеп жәмәәти мийманларға өзлериниң мазмунлы сабақлары ҳәм оқыўшыларға берген пайдалы тәлимлери ушын миннетдаршылық билдирди.